cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Бахтияр Менглибеков | Мойнақ районы ҳәкими

Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибековтың жеке каналы

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
940
المشتركون
-324 ساعات
-87 أيام
-5430 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
«Мәдели» АПЖда көшпели қабыллаў өткерилди Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, районлық Ишки ислер бөлими баслығы, үшинши сектор басшысы Ж.Юсупов ҳәм Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Д.Қәлимбетовлар «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерди. Онда турақ жай ишиндеги қазанханаларды сыртқа көшириў, қазанханаларға тежемли горелкалар орнатыў, морыларды тазалаў ҳәм басқа әҳмийетли мәселелер атап өтилди. Сондай-ақ, қабыллаў  даўамында мәҳәлле турғынларының пикир, усыныслары ҳәм мүрәжатлары тыңланды. Бундай қабыллаўлар бәрше мәҳәллелерде даўам етпекте. Толық оқыў ушын: https://muynak.uz/8654.html muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
Мәжилис жумыс нәтийжелигин асырыўға қаратылды Мойнақ районы ҳәкимлигинде энергия ресурсларынан үнемли пайдаланыў ҳәм жер, мүлк салық қарыздарлығын төлеў бойынша мәжилис өткерилди. Мәжилис даўамында турақ жай ишиндеги қазанханаларды сыртқа көшириў, қазанханаларға тежемли горелькалар орнатыў, морыларды тазалаў ҳәм басқа әҳмийетли мәселелер бойынша үгит-нәсиятлаўды күшейтиў, соның менен бирге кәрхана, мәкемелерде жумыс алып барыўшы хызметкерлердиң жер, мүлк салық қарыздарлығын төлеў  ўазыйпалары тапсырылды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
👍 2
«Қызыл жар» АПЖда көшпели қабыллаў өткерилди Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Б.Менглибеков ҳәм Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Д.Қәлимбетовлар «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерди. Қабыллаў даўамында мәҳәлле турғынларының пикир, усыныслары ҳәм мүрәжатлары тыңланды. Бундай қабыллаўлар бәрше мәҳәллелерде даўам етпекте. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
Мүрәжатлар нызамлы жол менен шешиледи Бүгин Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында пуқаралар қабыллаўы өткерилди. Онда пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў ҳәм унамлы шешиў ушын Мойнақ районы ҳәкими ҳәм секторлар басшылары, мәкеме, кәрхана баслықлары қатнасты. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен материаллық жәрдем, емлениў, турақ жайларын оңлаў,  бәнтлик,  исбилерменлик, сыяқлы басқа да мәселелер бойынша 15тен артық мүрәжатлар тыңланды. Айырым пуқаралардың мүрәжатлары қосымша үйрениў ушын жуўапкерлерге бағдарланды. Нызамлы түрде шешилиў имканы болмаған мүрәжатлар бойынша пуқараларға тийисли тәртипте түсиниклер берилди. Орынланыўы ушын мүддет талап етилетуғын мәселелер бойынша жуўапкерлерге мүддет белгиленген ҳалда тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Алыс аўылларда көшпели қабыллаўлар даўам етпекте Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Б.Менглибеков ҳәм Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Д.Қәлимбетовлар Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерди. Онда мәҳәлле турғынларының пикир, усыныслары ҳәм мүрәжатлары тыңланды. Толық оқыў ушын: https://muynak.uz/8649.html muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
👍 4
Мәҳәллелерде артықша қағазбазлық жумыслары жоқ етилип, ашық-айдынлық тәмийинленбекте Халықтың машқалаларын үйрениў, ҳәр бир пуқара менен индивидуал ислесиўде бүгинги күнде мәҳәлле жетилиги системасы унамлы нәтийжесин бермекте. Олардың жумысын санластырыў арқалы артықша қағазбазлық жумыслары жоқ етилди ҳәм ашық-айдынлық тәмийинленбекте. Санлы мәҳәлле платформасы – мәҳәлле жумысына байланыслы бәрше системаларды өзинде жәмлеген платформа. Бул платформа Президентимиздиң «Өзбекстан мәҳәллелери шөлкеми жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы  қарары менен енгизилди. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжелигин еле де асырыў мақсетинде Мәҳәллелер аўқамы районлық бөлими тәрепинен мәҳәллелер баслықларына район ҳәкими Б.Менглибеков планшетлер тапсырды. Район ҳәкими платформа имканиятларынан өнимли пайдаланып, мәҳәлле жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша өзиниң көрсетпелерин берди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
Мәҳәллелерде артықша қағазбазлық жумыслары жоқ етилип, ашық-айдынлық тәмийинленбекте Халықтың машқалаларын үйрениў, ҳәр бир пуқара менен индивидуал ислесиўде бүгинги күнде мәҳәлле жетилиги системасы унамлы нәтийжесин бермекте. Олардың жумысын санластырыў арқалы артықша қағазбазлық жумыслары жоқ етилди ҳәм ашық-айдынлық тәмийинленбекте. Санлы мәҳәлле платформасы – мәҳәлле жумысына байланыслы бәрше системаларды өзинде жәмлеген платформа. Бул платформа Президентимиздиң «Өзбекстан мәҳәллелери шөлкеми жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы  қарары менен енгизилди. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжелигин еле де асырыў мақсетинде район аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларына район ҳәкими Б.Менглибеков планшетлер тапсырды. Район ҳәкими платформа имканиятларынан өнимли пайдаланып, мәҳәлле жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша өзиниң көрсетпелерин берди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
👏 3
Мектеп босағасына тунғыш қәдем қойып атырған 514 оқыўшыға 12 атамадағы оқыў қураллары ҳәм сабақлықлар топламынан ибарат Президент саўғасы тапсырылды 2024/2025-оқыў жылында Мойнақ районындағы 17 улыўма орта билим бериў мектебине 514 оқыўшы биринши классқа қабыл етилип атыр. Бүгин оларға 12 атамадағы оқыў қураллары ҳәм сабақлықлар топламынан ибарат  Президент саўғасы тапсырылды. Район орайындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажға район ҳәкими Б.Менглибеков қатнасып, ғәрезсизлигимиздиӊ отыз үш жыллығы ҳәм басланып атырған жаӊа оқыў жылы менен қутлықлады. Соң мектеп босағасына тунғыш  қәдем қойып атырған биринши класс оқыўшыларға Президент саўғасы тапсырылды. Толық оқыў ушын: https://muynak.uz/8632.html muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
👍 1
32:44
Video unavailableShow in Telegram
Инсан қәдири ушын... Инсан қәдири ушын принципи тийкарында Мойнақ районында әмелге асырылған реформалар ҳаққында muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
إظهار الكل...
орол 1.mp4217.39 MB
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.