cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Қанлыкөл_хабарлары

إظهار المزيد
كازاخستان7 311لم يتم تحديد اللغةالطب20 326
مشاركات الإعلانات
339
المشتركون
+424 ساعات
+27 أيام
+730 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

БАРАТЫР Ўақыт жоқ,биреўден алмаққа хабар, Халы жоқ хешкимниң есигиң қағар, Қумырсқадай жыбырласқан адамлар, Билмеймен асығып,қайда баратыр. Туўысқа туўысты ,қайрап қас қылмай, Шайтанның пығалы,кетсин бас бурмай, Шаршаўың күтеди,жаўыз қасқырдай, Арадан сыйласық қашып баратыр. Үлкенниң ақылы,жақпай кишиге, Өнбейтин талапта,бақсаң исине, Исенген қолдағы,пулдың күшине, Исеним пулдан да қалып баратыр. Заманға мин тағып,жүрме санасып, Ай менен күнимиз турғо алмасып, Дарья оңнан ақса,шептен тармасып, Барлығы ағымға ,қарсы баратыр. Мийнеттиң жеңили ,бизге буйырып, Отырған жоқпыз я бийдай үйирип, Мақтанып сөйлеймиз ,тилди шыйырып, Жумыс тек аўызда қалып баратыр. . Жаслықта унатқан ,көзлери түсип, Болмағыр себептен,шынжырды үзип, Ерегис күшейип,шаңарақ бузып, Ортада перзентлер қалып баратыр. Азғантай пулыңа алып,мөлшерлеп, Тилерсең мал гөши, болғай деп еплеп, Бәрин болып ,ийтти жеп отыр терлеп, Хадалға ,харамды қосып баратыр. Дәрўаза салмаяқ,ергенек қылып, Күнелтти есикке,бир шөпти тығып, Хәзир жети қулфлы,темирди қурып, Адамнан адамлар ,шоршып баратыр. Жумыста ислеп күндизги, түнлик, Жақсы жасаў қыйын,болғаны шынлық, Бир күнлик табысың,болмай бир күнлик, Қарызлар, айлықтан асып баратыр. Кирпикти салдырып,қас бояп тесип, Өрилген шашлар жоқ,келтелеп кесип, Анадан туўылған,шырайдан кешип, Тәбийый сулыўлық қалып баратыр. Рысқын хәр жерден ,шөпшеген терип, Балам деп қыймылдар ,жуўырып желтип, Тезликти асырып,тез барып келип, Адамлар шыдамсыз болып баратыр. Уйқласаң турсаңда,хәргиз жатсаңда, Сааттың тиллерин ,қолда тутсаңда, Қаншама дем алмай ишке жутсаңда , Қайтсеңде өмириң,өтип баратыр. Сапура Казакбаева
إظهار الكل...
👍 8👏 5🥰 4🎉 4😁 2 1🙏 1
00:11
Video unavailableShow in Telegram
3.86 MB
👍 1
"Қанлыкөл хабарлары" жәмийетлик-сиясий газетасының гезектеги 2024-жыл 16-сентябрь күнги 17-саны менен танысың!
إظهار الكل...
“Men hám meniń shańaraǵım” atamasında  ashıq shınıǵıw ótkerildi     Mámleketimizde perzent tárbiyasında onıń bilim alıwında ayrıqsha itibar qaratıp kelinbekte. Biz elimizdiń ertengi kúnin búgingi kishkene balalarımız tárbiyasına biyparıq bolmawımız, olardıń hár bir máwritlerin mehirge  tolı qálbimiz hám tárbiyamız benen toltırıwımız kerek. ❇️Pedogogikalıq xızmeti dawamında kásiplesleri arasında kóplegen jetiskenliklerge erisken, perzentlerimizge tárbiya beriwdey iygilikli kásipke óziniń ómirin baǵıshlaǵan tájriybeli hám pidayı ustazlarımızdan biri Qanlıkól rayonı Mektepke shekemgi hám bilimlendiriw shólkemine qaraslı 12-sanlı mámleketlik mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkeminiń direktorı Q.Uzaqbergenova baqsha tárbiyalanıwshılarına «Men hám meniń shańaraǵım» temasında ashıq shınıǵiw shólkemlestirdi. ❇️Ilájdı ótkeriwden tiykarǵı maqset balalar qálbinde ata-anaǵa mehr muxabbat tuyǵısın sińdiriwden ibarat
إظهار الكل...
👍 1
03:05
Video unavailableShow in Telegram
JÍLDÍŃ EŃ JAQSÍ ANIMACIYALÍQ FILMI 👈
إظهار الكل...
video_2023-12-16_13-50-47.mp49.72 MB
Бир бай адам Аристотелдиң алдына барып, баласына билим бериўин усыныс етти. Философ билим бериў ушын жүдә көп пул сорайды. Байдың сықмарлығы тутып, «бундай пулға ешек сатып аламан» - дейди. Сонда философ: - Мейли, сатып алың ешегиңиз екеў болады - депти.😊
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Ўaқыт өтеди дейсиз бе? Жоқ, ўақыт қалады. Биз өтемиз... © Генри Остин Добсон
إظهار الكل...
Күн ҳикмети 📃Өмириңде беккем услайтуғын ең әжайып ҳикмет – Сен ҳаққыңда айтылатуғын гәплерге итибар бермеў... 📃Кимлигиңди басқалардан көре өзиң жақсырақ билесең... Аллаҳ сениң ҳалатың ҳәм нийетиңди өзиңнен де жақсырақ биледи 📃Қылып атырған ислериңди ақлап, қәдир- қымбатыңды түсирип жүрме! 📃Өмирдеги жетискенсизлигиңниң сыры – ҳәммени ыразы етиўге урыныўың! 📝📝📝
إظهار الكل...
👍 1
Ҳуқықый ҳүжжетлерде көп ушырасатуғын айырым өзбек тилиндеги терминлердиң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ○ Қонун – Нызам ○ Низом – Реже ○ Фармойиш – Бийлик ○ Модда – Статья ○ Чора-тадбир – Ис-илаж ○ Васийлик – Қәўендерлик ○ Ҳомийлик – Әменгерлик ○ Жиноят содир этиш – жынаят ислеў ○ Маъмурий – Ҳәкимшилик ○ Ҳудуд – Аймақ ○ Масъул – Жуўапкер ○ Тизим – Система ○ Дахлсизлик – Қол қатылмаслық ○ Имзо – Қолы ○ Муҳокама – Додалаў ○ Умуминсоний – Улыўма инсаныйлық ○ Фаолият – Жумыс, искерлик, хызмет ○ Фаровонлик – Абаданлық ○ Қонун устунлиги – Нызам үстемлиги ○ Ягона – Жалғыз, бирден бир ○ Манфаат – Мәп ○ Низо – Келиспеўшилик ○ Ватанпарвар – Ўатан сүйиўшилик ○ Маънавий – Руўхый ○ Муносабат – Қатнасық ○ Мажбурият – Миннетлеме ○ Ихтиёрий – Ықтыярлы ○ Ҳуқуқбузарлик – Ҳуқық бузыўшылық ○ Гумон қилинувчи – Гүман етилиўши ○ Айбланувчи – Айыпланыўшы ○ Қонунга ўзгартириш киритиш – Нызамға өзгерис киргизиў ○ Имтиёз – Жеңиллик ○ Шахсий – Жеке ○ Хусусий – Меншик ○ Оммавий – Ғалабалық ○ Кўриб чиқиш – Қарап шығыў ○ Илова – Қосымша ○ Ҳавола – Силтеме ○ Дастур – Бағдарлама ○ Номзод – Талабан ○ Рағбатлантириш – Хошаметлеў ○ Мукофот – Сыйлық ○ Маҳаллий – Жергиликли. ○ Малака ошириш – Маманлықты арттырыў ○ Ҳамкорлик – Бирге ислесиў ○ Идора – Мәкеме, кеңсе ○ Мансабдор шахс – Лаўазымлы шахс, ҳәмелдар шахс ○ Анъана – Дәстүр ○ Дастур – Бағдарлама ○ Рамз – Нышан, символ ○ Далолатнома – Акт ○ Баённома – Баянлама, протокол ○ Шикоят – Шағым ○ Тавсия – Усыныс ○ Тақдим этиш – Усыныў, бериў ○ Тугатиш – Сапластырыў ○ Шаън – Ар-намыс ○ Талқин этиш – Түсиндириў ○ Озодликдан маҳрум қилиш – Еркинен айырыў ○ Ходим – Хызметкер ○ Муомала лаёқати – Қатнас уқыплылығы ○ Қонунчилик ҳужжати – Нызамшылық ҳүжжети ○ Таржимон – Дилмаш ○ Ахборот – Мәлимлеме ○ Ҳисобварақ – Есап бети. ДӘРЕК
إظهار الكل...
XALÍQ USHÍN ⚖️

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар Хабарласыў: @trillion_uzb Est. 10.04.2020.

👍 1
Қамақханадағы ҳаялдың гәплери. Жаным!Сиз биймәлел жумысыңызға бара бериң,мен баламның байрамынс торт псирип апарып берип,кейин жумысқа өтемен дедим.   Баламның мектебине тортты берип,бираз отырып жолға шықтым.Асыққанымнан такси тоқтатып ишинде ҳеш ким жоқлығына да қарамаппан.Жолдың ярымына келгенде шофёр газ толтырыў кереклигин айтты.Мен разы болдым.Бирақ жол жүрсек те мәнзилге жетпедик.Неге бунша узақ жол жүргенимизди сорағанымда ол;-Сизди бир айландырып келейин дедим дә,адамның жанын алатуғын ҳаял екенсиз,солай қойып жиберсем болмас-деди.   Әўели бақырдым,соң жалындым,жалбардым,пайдасы болмады.Әтирапта ҳеш ким көринбеди.Машина тоқтады ҳәм шофёр маған жабыса кетти.   Алламның өзи күш бердиме билмеймен,жан ҳалатта аяғым менен машина айнасын теўип сындырдым.Қолыма илинген айна бөлеги менен оның дус келген жерине ура бердим,ура бердим.Ол жығылды.Ҳәмме жкрим қан.Не қылып қойғанымды кейин аңладым.Бирақ жүдә қуўанышлы едим,себеби мен намысымды сақлап қалған едим.Арадан қанша ўақыт өтти билмеймен.Милицияға ҳәм күйеўиме қоңыраў қылдым.Мен адам өлтирдим.Аўа,ол ҳайўанның жаны үзилген екен.Тергеў ислери басланып кетти.Күйеўим ҳәтте мениң менен сөйлеспеди де.Мен енди ийт тийген ас екенмен.Қандай дәлийллейин,пәклигимди қалай түсиндирейин?! Мени жети жылға қамады.Бүгин қамалғаныма алты ай болды,күйеўим мени күте алмады.Мен ким ушын өзимди қорғап қалған едим? Мине бүгин жаннан әзийз инсанымның,өмирлик жолдасымның тойы.Жүрегиме не деймен енди,сүйенгеним керек пайтта таслап кетти дейинбе?Әй өмир,тәғдир,буншелли бийреҳимсең.   Бегим деп сүйенгеним өзгени яр қылғанда неге үндемейсең,өмир?.Ақыры сен ҳәм жаратқан ийем гүўа едиңиз-ғой.Жаратқан ийем ол дүньяда бегимге бар ҳақыйқатты айтқай,бирақ ҳәзир ше,ҳәзир ким айтады мениң пәк екенлигимди?!Ақыры оны жанымнан артық көрер едим.Мине,соның ушын усы жерде қамақханада отырман. Ҳаял амнистия қарары менен азатлыққа шықты.Бирақ күйеўи баласын қайтарып бермеди.Республикаға шекем арза менен шығып,баласын қайтарып алды.Қамалып шыққан деп оны көпшилик жумысқа алмады.Иләжсыз,Россияға инисиниң қасына жумысқа кетти.Алла берекетин берип,ислери жүрисип кетти.Үйли-жайлы болды,баласы колледжге оқыўға кирди.Баламның бахтын бер деп алладан сорайды.Күйеўи перзентли болмады,ҳаялы қыянет қылып кетти.Күйеўи кеширим сорап келди,бирақ кешире алмады. Интернет материалларынан .
إظهار الكل...
👍 4
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.