cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов Байланысыў: +998 90 574 44 47 Группамыз: @adillkadvokatigroup

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
10 026
المشتركون
-4324 ساعات
-2387 أيام
-1 15530 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

2_5442791052383625833.mp34.62 MB
👍 4
02:09
Video unavailableShow in Telegram
Ҳəдден тыс артықша жумыс ислеў хызметкерлердиң шаршап кеселликлерге шалыныўына алып келиўи мүмкин. Инсанның дыққат итибары ҳəм жумыс нәтийжелилиги шама менен 8 саат даўамында жоқары дəрежеде сақланады. Оннан артық ўақыт ислеп баслағанда жумыс сапасы жоғалып, қəтелерге жол қойыў итималы болады. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
video_2024-09-19_23-57-48.mp43.08 MB
👍 8
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия өндириўшилер қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатқанлық ушын мал-мүлк салығын төлеўден ҳəм де бул қурылмалар менен бəнт болған участкалар бойынша жер салығын 10 жыл мүддетке азат етиледи. 🔰Әмелдеги энергетика тармақларынан толық үзилген жасаў ушын арналған орынларда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўшыларға үш жыл мүддетке физикалық шахслардан алынатуғын мал-мүлк ҳәм жер ⚡️⚡️салығы салынбайды. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
👍 4
Photo unavailableShow in Telegram
❔Кимлерге ҳәкимшилик қамаққа алыў шаралары қолланылыўы мүмкин емес Ҳәкимшилик қамақ 3 суткадан 15 суткаға шекем мүддетке, айрықша жағдай тəртиби шараятында болса, жəмийетлик тәртипке ҳүжим еткенлиги ушын 30 суткаға шекем мүддетке қолланылады. Ҳәкимшилик қамақ жынаят ислери бойынша район (қала) суды тəрепинен, айрықша жағдай тəртиби шараятында болса, сондай-ақ əскерий комендант яки ишки ислер уйымы баслығы тəрепинен белгиленеди. Ҳəмиледар əйеллерге; 3 жасқа шекем баласы болған əйеллерге; 14 жасқа дейинги баласын жалғыз өзи тəрбиялап атырған шахсларға; 18 жасқа толмаған шахсларға; I ҳəм II топар майыплығы болған шахсларға; Әскерий хызметкерлер ҳəм жыйынға шақырылған əскерий хызметке мəжбүрлер, соның менен бирге ишки ислер уйымларының ҳəм де Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының əпиўайы əскерлер ҳəм басшылар қурамына тийисли шахсларға ҳәкимшилик қамаққа алыў шаралары қолланылмайды. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
👍 5
00:25
Video unavailableShow in Telegram
❗Туркияда тиленшилик қылып айына 10 мың доллар табады екен Полиция тиленшини услап тексергенинде, бир күнде 350 долларға шекем пул таўғанын анықлапты...
إظهار الكل...
2.63 MB
😁 7👍 6
00:47
Video unavailableShow in Telegram
Биреўлердиң гәпине қарап, өзиңизге болған исенимди жайтпаң!
إظهار الكل...
5.52 MB
👍 10
01:18
Video unavailableShow in Telegram
"Заказной" иcлерде судьяны туўры түсиниў керек екен… ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
ClipDown.App_EA48B09423CFE4A8C830B664F26E50B3_video_dashinit.mp48.83 MB
👍 11
Photo unavailableShow in Telegram
❔Қандай жағдайларда мектепте оқыўшыларды еки группаға болып оқытыўға рухсат етиледи ❕Маман оқытыўшылар жеткиликли болған төмендеги жағдайларда класстағы оқыўшыларды еки группаға болип оқытыўға рухсат етиледи: - оқыўшылар саны 25 дана ҳəм оннан зыят болған улыўма орта билим бериў мəкемелериниң I - ХI классларында “Шет тили” пəни; - айырым пəнлерге қəнийелестирилген улыўма орта билим бериў мəкемелеринде қəнийгелескен пəнлер; - V - ХI класларда “Информатика ҳəм информация технологиялары”; - VIII - ХI класларда “Дене тəрбиясы”; - V - IХ класларда “Технология”; - Х- ХI класларда “Шақырыўға шекем басланғыш таярлық” пəнлери; - тəлим тили өзбек тили болмаған улыўма орта билим бериў мəкемелериниң II - ХI классларында “Өзбек тили” пəни; - тəлим тили орыс тили болмаған улыўма билим бериў мəкемелериниң II - ХI классларында “Орыс тили” пəни. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
👍 5
⚡️Оқыўшылары халық аралық олимпиадаларда жеңимпаз болған, Президент мектебине кирген оқытыўшыларға ҳеш қандай критеряларсыз қосымша үстеме белгиленеди. Сондай-ақ оқытыўшылар жылына еки мəрте материаллық жəрдем алыўы мүмкин. ✅1. Пəн бағдарлары бойынша усыллық бирлеспелер басшыларына 10 пайызға шекем үстеме бериледи Мектеп оқытыўшыларының 50 пайызына директор фондынан 40 пайызға шекем үстеме толенеди. Соның менен төмендеги жөнелислерде актив болған пəн бағдарлары бойынша усыллық бирлеспелер басшыларына оқытыўшы ретинде қосымша 10 пайызлық үстеме де бериледи: оқыў - тəрбия процесси сапасын жəне де жақсылаў; пəнлер аралық интеграцияны күшейтиў; тəлим ҳəм тəрбия процессин заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында шөлкемлестириў; СТЕАМ жантасыўын нəтийжели қолланыў; тəлим процессинде педагог хызметкерлерге ўақытында методикалық жəрдемди шөлкемлестириў; педагог хызметкерлердиң кəсиплик ҳəм методикалық шеберлигин ҳəм де маманлығын асырыў. ✅2. Мектеп басшыларына үстеме белгиленбейди Улыўма қағыйдаға көре, мектеп директоры, директордың оқыў ислери ҳəм де руўхый - билимлендириў жумыслар бойынша орынбасарлары ҳəм өз искерлигин саатбай ақша төлеў тийкарында əмелге асыратуғын оқытыўшыларына Директор фондынан ҳəр айлық үстемелер белгилемейди. Директордың оқыўшылары төмендеги олимпиадаларда жеңимпазлықты қолға киргизгенинде оларға да үстеме толықнады : ➖Халық аралық математика олимпиадасы; ➖Халық аралық физика олимпиадасы; ➖Халық аралық химия олимпиадасы; ➖Халық аралық биология олимпиадасы; ➖Халық аралық информатика олимпиадасы. ✅3. Оқытыўшылар өз байрамында хошаметленеди Мектептиң барлық хызметкерлери (директор да) тек «1-октябръ - Оқытыўшы ҳəм тəрбияшылар күни» мүнәсибети менен Директор фондының əмелдеги қаржлары есабынан МҲТЕКМ 50 пайызына шекем муғдарында сыйлықланыўы мүмкин. ❕МҲТЕКМ 1-октябрден 1 155 000 сум. ✅4. Олимпиада жеңимпазларының устазларына 200 пайызга шекем үстеме бериледи Халық аралық физика олимпиадасы, Халық аралық химия олимпиадасы, Халық аралық биология олимпиадасы, Халық аралық информатика олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған оқытыўшылар ҳəм тəлим шөлкеми директорларына нəубеттеги оқыў жылы ушын алтын, гүмис ҳəм бронза медалларына қарап тийисли қосымша 200, 175 ҳəм 150 пайызлык үстеме ақша төленеди. ✅5. Президент мектепке кирген ҳəр бир оқыўшы ушын сыйлық төленеди Президент мектеплерине таңлаў тийкарында қабыл етилген ҳəр бир оқыўшы ушын тийисли улыўма билим бериў шөлкеминиң уйқас (таңлаў, жарыс, имтиҳан пəнлери) пəн оқытыўшысы базалық тариф ставкасының еки есеси муғдарында бир марте сыйлық ақша менен хошаметланеди. ✅6. Оқытыўшылар жылына 2 мəрте материаллық жəрдем алыўы мүмкин. Мектеп хызметкерлерине материаллық жəрдем жыл даўамында еки лаўазым ис ҳақысы муғдарында хызметкердиң өзи ҳəм жақын ағайыны (əкеси, анасы, өмир жолдасы, перзенти) қайтыс болғанда, ауыр кеселликке шалынғанда, хызметкер тəбийғий апаттан зəлел көргенде көрсетиледи. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
👍 7 1
Photo unavailableShow in Telegram
🏠Турақ-жай ушын субсидияға арза бериў 23-сентябрьден басланады Субсидия алыў ушын арза беретуғынлар өз дəраматларына жақын ағайынларының дəраматларын да қосыўы мүмкин. Орташа дəрамат муғдары төмендеги дəрежеде болыўы керек: 🔸Ташкент қаласында: 2,8-9,66 млн сум; 🔸Қарақалпақстан Республикасы ҳəм ўәлаятларда: 2,8-8,4 млн сум. Арзаларды Мəмлекет хызметлерин орайлары яки my.gov.uz порталы арқалы тапсырыў мүмкин. ❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
إظهار الكل...
👍 5
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.