cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Show more
Advertising posts
116 680
Subscribers
-20324 hours
-1 4777 days
-4 34130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailable
Колледж ҳәм техникумда оқыўды қәлеўшилерге қосымша имканият берилмекте Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматларына бола, ата-аналар ҳәм абитуриентлердиң мүрәжатлерин инабатқа алып, колледж ҳәм техникумларда оқыўды қәлеўшилер 25-сентябрьге шекем my.uzbmb.uz арқалы онлайн яки тиккелей билимлендириў мәкемесиниң өзине мүрәжат етиўи керек.
Оларға төмендеги имканиятлар берилмекте: ➖ бос орынлары (вакант) бар колледж ҳәм техникумларға абитуриентлер тест нәтийжелери тийкарында еки қәнигелик пәни (пәнлердиң избе-излигине қарамастан) сәйкес болған тийисли кәсип (қәнигелик) ти таңлаўы мүмкин; ➖ абитуриентлер билимлендириў тилин өзгерткен ҳалда колледж ҳәм техникумлардың тийисли кәсип ҳәм қәнигеликлерин таңлаўы ҳәм таңлаўда қатнасыўы мүмкин; ➖ кириў имтиханларында қатнасып, my.uzbmb.uz электрон платформасы арқалы профессионал билимлендириў мәкемелерин таңламаған абитуриентлер жумыс бериўшилер менен дүзилген шәртнамаға муўапық колледж ҳәм техникумларға дуал билимлендириў усылы бойынша тиккелей қабыл етиледи; ➖ my.uzbmb.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтпеген яки кириў имтиханларында қатнаспаған, бирақ колледж ҳәм техникумларда кешки яки сыртқы билимлендириў түри бойынша оқыў тилегин билдирген пуқаралар жазба имтиханлар арқалы төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи. Сондай-ақ, мағлыўматта колледж, техникумлардың күндизги билимлендириў түри кәсип ҳәм қәнигеликлери ушын таңлаўда қатнаспақшы болғанлар my.uzbmb.uz сайты арқалы онлайн, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлеринде оқыўды қәлеўшилер тиккелей колледж ҳәм техникумның өзине мүрәжат етиў керек екенлиги ескертиледи. Усы мүнәсибет пенен колледж ҳәм техникумлардың биринши курслары ушын оқыў процеси 2024-жыл 2-октябрьден басланады.
👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
⚡️Тәлим кредити тек ғана күндизги тәлимде оқыйтуғынлар ушын ажыратылады - ҳүкимет қарары Министрлер Кабинетиниң 16-сентябрьдеги қарары менен тәлим кредитин ажыратыўға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. ➖ жоқары ҳәм профессионал оқыў орынларында оқыў ушын тәлим кредити енди тек ғана күндизги тәлим түринде оқып атырған студентлерге ҳәм оқыўшыларға ажыратыў системасы жолға қойылады; ➖ Жоқары оқыў орынларында оқып атырған екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши «3» тен төмен болған жағдайда, контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында тәлим кредитин ажыратыў әмелияты енгизиледи. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары студентлери ушын тәлим кредити олар ҳаққындағы мағлыўмат Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң kontrakt.edu.uz ҳәм HEMIS системасында; орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынлары оқыўшылары ушын болса олар ҳаққындағы мағлыўмат prof.edu.uz мәлимлеме системасында бар болған жағдайда ажыратылады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
ВМ-579.pdf1.15 MB
Photo unavailable
⚡️Өзбекстанда 1-октябрьден баслап алимент төлемлери 10-15 процентке артады Жумыссыз ата-ана ушын напақаның муғдары төмендегише болады: • 1 бала ушын - 1,4 миллион сум; • 2 бала ушын - 1,9 миллион сум; 3 ҳәм оннан артық балаға - 2,8 миллион сум. Ата-аналардың алимент ушын қарыздарлығы, егер оларды төлей алмаса, мәмлекет есабынан төленеди. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Photo unavailable
⚡️ Абитуриентлер дыққатына! ✅ Бүгин-ақ имтиханларсыз биз бенен студент болың ✅Қабыллаў квотамыз: 200 ✅ Университетлеримиз ◼ Пүткил Өзбекстан бойлап ◼ Контракт 9-15 млн ға шекем 🔴 Медицина 🔷 Емлеў иси 🔷 Фармация 🔷 Стоматология 🔹 Педиятрия иси 🔻 ФАКУЛЬТЕТЛЕР ◼ 30 дан артық жөнелислер 🔹 Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша) 🔹 Тарийх 🔹 Дене мәденияты 🔹 Компьютер илимлери ҳәм программаластырыў технологиялары 🔹 Басланғыш тәлим 🔹 Педагогика ҳәм Психология 🔹 Англичан тили ҳәм Әдебияты 🔹Дене мәденияты "ПЕРЕВОД"ШЫЛАР ДЫҚҚАТЫНА! УНИВЕРСИТЕТЛЕРГЕ 2 ҲӘМ 3 КУРСЛАРГА ПЕРЕВОД ҚЫЛЫЎ ИМКАНИЯТЫ БАР ❗ 🔶 Буннан тысқары Университетте Магистратура оқыў мүмкиншилиги ◼ Магистратурада онлайн оқыў мүмкиншилиги 🎓 Тәлим процесслери күндизги ҳәм сыртқы ,онлайн , кешки көринислерде алып барылады. ☎ Толық мағлыўмат:      ☎️ +998905948595 ☎️ +998913024345 ☎️ +999994555012 📢📢📢📢📢
Show all...
00:36
Video unavailable
Пакистанда әке қызының басына камера орнатты Ол қәўипсизлик ушын солай ислегенлигин айтып өтти. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
ислам.MP46.59 MB
00:20
Video unavailable
Аўқатты қолы менен жейтуғын пышық социаллық тармақларда кең тарқалмақта 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
IMG_4722.MP46.73 MB
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
Елликқала районындағы «Ифтихор» мәҳәллесинде жасаўшы 846 үй орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленеди Мәҳәлледе жаңадан 44 километр узынлықтағы жаңа ишимлик суў қубырлары ҳәм 1 суў бөлистириў объектин қурыў жумыслары бүгинги күнде жедел пәтте әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде қуўатлылығы 500 м3 тен еки резервуар, жәми 1000 м3 болған 5 суў жеткерип бериў насосы қурылыўы режелестирилген. Жойбар баҳасы 11 миллиард 500 миллион сумды қурайды. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан кейин мәҳәлледе жасаўшы 846 үй орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленеди. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Photo unavailable
Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми 🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз ҳәм автокредит 📊МИКРОҚАРЫЗ 2 СААТТА ШЫҒАДЫ 📅 6 айдан 1, 1,5 2 ҳәм де 3-жыл мүддетке. 🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз. 📄 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР ➡️Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты; ➡️Машинаның техпаспорты; ➡️Пластик карта; ➡️Нотариусқа 970 мың сум төлем. ❗️АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ; ❗️БАСЛАНҒЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!! 2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады 📄КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР: ➡️Сатыўшының ҳәм зайыбының паспорты; ➡️Машинаның техпаспорты; ➡️Сатыўшының пластик картасы; ➡️Сатып алыўшының паспорты 10 млн 855.000 20 млн  1.711.000 30 млн  2.566.000 40 млн  3.422.000 50 млн. 4.277.000 60 млн  5.133.000 70 млн  5.988.000 80 млн  6.844.000 90 млн 7.699.000 100 млн  8.555.000 👉 https://t.me/OLX_NUKUS_GRUP Айма-ай график бойынша төлеп барасыз ☎️Телефон +998930002221 +998977890782 +998907003777 📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги. 📢📢📢📢📢
Show all...
Photo unavailable
❗️️️Өзбекстан Израил әскерлери Палестина аймағынан шығып кетиўин талап ететуғын резолюцияға даўыс берди БМШ Бас Ассамблеясы Израилдан «басып алынған Палестина аймағынан дәрҳал шығып кетиўди» ҳәм де буны 12 ай ишинде әмелге асырыўды талап ететуғын резолюцияны қабыл етти. Оны орынламаў Израилға қарсы санкциялар киргизиўге себеп болады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Photo unavailable
✳️Нызамшылыққа муўапық, улыўмалық қуўатлылығы 100 кВтқа шекемги болған қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатқан ҳәм олардан пайдаланыўшы шахслар, олар тапсырылған күннен баслап 3 жыл мүддетке, төмендеги салықларды төлеўден азат етилиўи белгиленген: 🔹Усы қурылмалар бойынша – юридикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салықты, өз алдына турыўшы қурылмалар менен бәнт болған жер участкалары бойынша – юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын, электр энергиясын улыўмалық тармаққа сатыўдан алынған пайда бойынша – пайда салығы; 🔹Үй-жай фондының көшпес мүлк объектлери бойынша физикалық шахслардан алынатуғын мал-мүлк салығы ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын жер салығын. ⚠️Егер, қурылмалар орнатылып атырған қуяш панеллери қуўатлылығының 25 пайызынан кем болмаған қуўатлылықты қурайтуғын электр энергиясын сақлаў системасы менен орнатылған болса, жоқарыдағы салық жеңилликлери олар пайдаланыўға тапсырылған күннен баслап 10 жыл мүддетке қолланылады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Choose a Different Plan

Your current plan allows analytics for only 5 channels. To get more, please choose a different plan.