cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Билимлендириў жаңалықлары

Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз. Мүрәжат: @bilimlendiriwbot Реклама: @channeladdsbot

Show more
Advertising posts
15 810
Subscribers
-7824 hours
-307 days
-27930 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

00:29
Video unavailableShow in Telegram
❗️ Елликқалада 1-класс оқыўшысына күш ислетилип, класстан алып шығып кетилди Усы жылдың 5-сентябрь күни Елликқала районындағы 28-мектептиң 1-класс оқыўшысы Х.Ё.ның анасы С.Ш. сабақ процесин бузған ҳалда классқа кирип барып, оқытыўшы оны тоқтатыўға ҳәрекет етиўине қарамастан, баласына күш ислетип класстан мәжбүрий алып кеткен. Жағдай бойынша С.Ш. ҳәм басқа шахсларға байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ҳүжжетлер топланып, судқа жиберилген. Бүгин, 20-сентябрь күни бул жумыс судта көрип шығылмақта. ➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың. 🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
0.1.mp42.30 MB
😱 15👍 8👏 1
Photo unavailableShow in Telegram
👨‍🏫 Кимлер класс басшысы болыўы мүмкин? 📑 Класс басшысы төмендеги критерияларға тийкар, мектеп директоры тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи: 🟢кеминде 3 жыллық педагоглық жумыс стажына ийе болған; 🟢мектепте тийкарғы жумысшы ретинде жумыс ислеп киятырған; 🟢басқарыўшылық қәбилетине ийе болған; 🟢оқыўшылар менен ислесиў процессинде жуўапкершилик пенен жантаса алатуғын; 🟢баслаўыш класларда класс басшылығы баслаўыш классқа бириктирилген оқытыўшыларға жүклетиледи. ❌ Мектеплерде саатлы график (сондай-ақ, еки жумысты қатар ислеўшилик) тийкарында жумыс ислейтуғын оқытыўшылардың классқа басшылық етиўине жол қойылмайды. 🥇 Бир оқытыўшыға тек ғана бир класс басшылық етиў ушын тапсырылады. Директор орынбасарлары, психологлар класс басшысы болыўы мүмкин емес. 💻 Класс басшылары жумысын руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары қадағалайды ҳәм муўапықластырады. ✅ @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 11
Photo unavailableShow in Telegram
📩 Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың «СӨЗ ҲӘМ ПИКИР» атамасындағы эсселер, сәўбетлер, мақалалар топламы китабы сатылыўда! ✅✅✅ 📔 Китап авторы: И.Юсупов 📍 Атамасы: "Сөз ҳәм пикир" 📖 Бетлер саны: 116 🗓 Баспадан шыққан жылы: 2024 Байланыс ушын телефон номерлери: ☎️ 977899632 ☎️ 913777758
Show all...
👍 12
Photo unavailableShow in Telegram
Мектеплерде ер балалардың шашының узынлығы қанша болыўы керек? 📑 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар, мектеп оқыўшыларының (ер балалар) шашының узынлығы 2-3 сантиметрден узын болмаўы керек. 💇‍♂ Оқыўшылар (ер балалар) мектепке пирсинг ислеткен ҳалда ямаса татуировка түсирилген ҳалда шашларын ҳәр түрли реңлерге бояп келиўи қатаң түрде қадаған етиледи. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
🤣 19👍 13😁 9😱 2
Photo unavailableShow in Telegram
DTM TESTINE KIRMEY 104 BALL ALDÍNNAN❗️ 50% ÚSTEME ❗️ Qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páninen MILLIY SERTIFIKATTÍ alıw arqalı joqarıdaģı nátiyjege erisseńiz boladı📣 Noyabr-Dekabr aylarında bolıp ótetuǵın testke tayarlıq kursların BASLADÍQ❗️ Qosılıw ushın tómendegi siltemege ótiń⤵️ @sertifikat_a_plus ☎️ +998-77-121-88-80 | Instagram
Show all...
👍 10 1🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️ Сабақ кестесин дүзиўде пәнлердиң қыйынлық дәрежесин есапқа алыў усыныс етиледи Сабақ кестесин дүзиўде пәнлердиң қыйынлық дәрежесин төмендеги тәртипте есапқа алыў усыныс етиледи: 1. Математика ҳәм информатика 2. Ана тили ҳәм әдебият, шет тиллери (рус, инглис, француз, немис тиллери) 3. Физика, химия, астрономия 4. Тарийх, ҳуқық, экономикалық билим тийкарлары 5. Тәбийғый пәнлер, география, биология 6. Тәрбия ҳәм руўхыйлық тийкарлары 7. Дене тәрбиясы 8. Технология 9. Сызыў 10. Сүўретлеў өнери 11. Музыка ✅ @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 26
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша квоталар тастыйықланды Қосымша қабыллаў параметрлери шеңберинде студентликке усыныс етилген қарақалпақстанлы жаслар усыныс етилгенлик жағдайын my.uzbmb.uz сайты арқалы жеке кабинетинен билиўи мүмкин. Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелерине таңлаў дизимлери жеткерип бериледи. ➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың. 🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 45👎 25🔥 6🎉 6
00:43
Video unavailableShow in Telegram
💰 Енди ер жигитлер де процентсиз тәлим кредитин алыўы мүмкин ☑️ Жоқары оқыў орны, колледж ҳәм техникум студентлериниң өзлестириў көрсеткиши кеминде 80 процент болса, оларға кейинги оқыў жылы ушын процентсиз тәлим кредити бериледи. 📑 Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев кәмбағал шаңарақлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде мәлим етти. ☝️ Еслетип өтемиз, буннан алдын тек ғана төлемли контракт тийкарында оқып атырған ҳаял-қызлар процентсиз тәлим кредитин алыўы мүмкин еди. Енди бул жеңилликтен жақсы оқыйтығун ер жигитлер де пайдаланыўы мүмкин болады. ➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың. 🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
5.79 MB
👍 30👎 2🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
🤔 Төмендегилерден қайсы өсимлик 24 саат даўамында кислород шығарады? 🌽 @kolxozuz — Аўыл хожалығына байланыслы канал
Show all...
👎 10👍 5 4🔥 1
Мята
Кактус
Алоэ
Роза
Photo unavailableShow in Telegram
Нөкисте мектеп директорының орынбасары алдаўшылық пенен усланды 2024-жыл 10-сентябрь күни ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Нөкис қаласындағы 38-мектеп директорының орынбасары Б.Г.ның нызамсыз жумысы анықланған. Ол пуқара Ш.Г.дан 4 млн сум алып, оны таныслары арқалы жумысқа жайластырып бериўге ўәде еткен. Пулды алдаўшылық жолы менен алып атырған ўақытта Б.Г. қолға алынған. Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими "в" бәнти ҳәм 28,211-статьясы 1-бөлими тийкарында жынаят иси қозғатылып, тийисли тергеў жумыслары алып барылмақда. ➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың. 🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 22🥰 1
Choose a Different Plan

Your current plan allows analytics for only 5 channels. To get more, please choose a different plan.