cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

QR SSP Business News

Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Мүрәжәәт ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 ☎️ +998(61) 222-00-58

Show more
Advertising posts
3 540
Subscribers
-324 hours
-187 days
-5630 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
Факторинг дегенимиз не?
Факторинг – бул материаллық хызмет түри болып, ол исбилерменлер ҳәм компанияларға ѳз клиентлери ушын кешиктирилген тѳлемлер ушын ѳним ямаса хызметлер усыныў имкәниятын береди.
Компания клиенттен тѳлемди күтпестен, фактор (банк ямаса каржы шѳлкеми) арқалы ѳз қаржыларын тезирек ондирип алады. Бул арқалы компания ликвидлиги жақсыланады ҳәм қаржы бойынша машқалаларын жеӊиллестиреди. 📌 Факторинг қандай жумыс ислейди?
•  Компания клиентке товар ямаса хызмет жеткерип береди. •  Клиенттен тѳлемди алыў ҳуқықы факторға ѳткериледи. •  Фактор компанияға тѳлемди алдыннан береди (кеминде 80-90 %). •  Клиент фактор менен тѳлемди толық әмелге асырғаннан соӊ, қалған қаржы муғдары компанияға қайтарылады.
Бир сѳз бенен айтқанда факторинг – пул ағымларын турақластырыў ҳәм бизнести раўажландырыў ушын нәтийжели шешимлердиң бири болып есапланады. 👍 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
Show all...
06:09
Video unavailableShow in Telegram
#Қарақалпақстан_телеканалы
Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасы тәрепинен шѳлкемлестирилген «Ѳзбекстан-Ҳиндистан» қоспа бизнес-форумы ҳаққында «Хабар» информациялық бағдарламасы арқалы репортаж эфирге берилди.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
Show all...
бизнес форум 10.09.2024.mp456.43 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Өзбекстан-Иран бизнес форумы болып өтти
Иран Саўда-санаат, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы палатасы басшылығындағы исбилерменлер топары ўәкиллеринен ибарат делегацияның мәмлекетимизге сапары шеңберинде пайтахтымызда Өзбекстан – Иран бизнес форумы болып өтти.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/209933.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Show all...
Басқарма хызметкерлери «Автомобилсиз күн» акциясында белсене қатнасып атыр… Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ арнаўлы Қарары тийкарында усы жылдыӊ 20-21-сентябрь күнлери аралығында «Автомобилсиз күн» экоакциясы жәрияланды. Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ Тахтакѳпир районлық бѳлими акция шеӊберинде бириншилерден болып белсендилик кѳрсетип, жумыс орынларына жеке автомобилсиз келмекте.
«Автомобилсиз күн» акциясын ѳткериўден тийкарғы мақсет – саламат турмыс тәризин кеӊ түрде үгит-насият етиў, қоршаған орталыққа ҳәм тәбиятқа жамийетшиликтиӊ итибарын арттырыў, қала ҳәм районларда автомобиллер ҳәрекетин кемейтиў ҳәм жәмийетлик транспортты раўажландырыўдан ибарат.
Акция шеӊберинде автомобилсиз ҳәрекетлениў Басқарманыӊ барлық қала ҳәм районлық бѳлимлери тәрепинен еле де даўам етеди. 👍 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
Show all...
Өз брендиңизди жаратың!
Мәмлекетимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған имканиятлар жаңа брендлердиң қәлиплесиўи ҳәм халықтың исенимине ерисиўине тийкар болмақта. Әлбетте, миллий брендлердиң тек ғана ишки базарда емес, халықаралық дәрежеде танылыўы бул елимиздиң дүнья базарында өз орнына ийе болыўында тийкар  болатуғынлығы сөзсиз.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/209746.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Усы жылдың октябрь-ноябрь айларында Қытай Халық Республикасының Гуанчжоу қаласында шөлкемлестирилип атырған "CANTON" көргизбе-ярмаркасы төмендеги белгиленген сәнелерде болып өтеди: ➡️ 2024-жылдың 15-19-октябрь күнлери: - Электроника ҳәм хожалық техникалары; - Машинасазлық; - Жақтыландырыў; - Техникалық үскенелер ҳәм әсбаплар; - Автомобиллер, мотоцикллар, велосипедлер ҳәм оларға арналған қосымша бөлеклер; - Қурылыс ҳәм пардозлаў материаллары; - Сантехника ҳәм ванналар; - Химиялық өнимлер; - Энергетика; - Қурылыс ҳәм аўыл хожалығы машиналары. ➡️ 2024-жылдың 23-27-октябрь күнлери; - Үй хожалығы буйымлары; - Мебель ҳәм декорация; - Сыйлықлар ҳәм сувенирлер; - Үй ҳайўанлары ушын товарлар; - Косметика ҳәм гигиена қураллары; - Балалар ушын ойыншықлар. ➡️ 2024-жылдың 31-октябрь-4-ноябрь күнлери; - таўар ҳәм материяллар; - аяқ кийимлер ҳәм сумкалар; - Тоқымашылық өнимлери; - Офис ҳәм жумыс жүргизиў буйымлары; - Спорт, туризм ушын үскене ҳәм товарлар; - Медициналық өнимлер; - Азық-ауқат өнимлерин қайта ислеў ҳәм қадақлаў үскенелери. Байланыс ушын тел: 📞+998939202900 👍 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети 👉 https://t.me/QR_Chamber
Show all...
00:38
Video unavailableShow in Telegram
#Бизнес_марафон #видео Бүгин, Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде жайласқан қара үйде "Бизнес марафон" мотивациялық тренинги өткерилди. Бизнес марафонға 600 ге жақын жаслар қатнасты. 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Show all...
IMG_0238.MP413.81 MB
04:30
Video unavailableShow in Telegram
Аралас сайлаў системасы депутатлық орынларын бөлистириў тәртиби Пропорционал системада партияларға берилген даўыслар тийкарында 75 депутатлық орынлары партиялар арасында қандай бөлистириледи? Бүгин усы мәселени кеңирек түсиндиремиз. Аралаш сайлов тизимида депутатлик ўринларини тақсимлаш тартиби Пропорционал тизимда сиёсий партияларга берилган овозлар асосида 75 та депутатлик ўринлари партиялар ўртасида қандай тақсимланади? Бугун ушбу масалани батафсил тушунтирамиз. Каналға ағза болыў: @joqargikenes 🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Show all...
Hisoblash Rolik Retouch.mp449.11 MB
01:21
Video unavailableShow in Telegram
#видеоролик
Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тарепинен «Өз брендиңизди жаратың!» атамасында семинар болып ѳтти.
👍 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
Show all...
Оз бизнесинизди жаратын.MP463.88 MB
Исбилерменлер ҳәм исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушырасты Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тарепинен «Өз брендиңизди жаратың!» атамасында семинар болып ѳтти. Илажда Басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров, "KUSHMAG NUKUS" ЖШЖ директоры М.Комеков, "ALPAMIS STOMADENT" ЖШЖ директоры М.Жолшимова, “NEO INFOTEX” жеке меншик кәрханасы директоры С.Молченко ҳәм 100 ден аслам исбилерменликке қызығыўшы жаслар қатнасты.
Семинарды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – исбилерменлер ҳәм бизнеске қызығыўшы жаслардыӊ жеке бизнеси бренди бойынша билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў, халық-аралық брендлер менен шерикликти әмелге асырыў ҳәм миллий брендлерди буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.
Ушырасыўда қатнасыўшылар Республикамызда белгили бренд ийелери тәрепинен өз брендин жаратыў ҳәм раўажландырыў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Яғный, тәжирийбели исбилерменлер жеке брендке тийкар салыўдыӊ әҳмийетли тәреплери, брендке ерисиўдиӊ тийкарғы басқышлары, брендтиӊ халық-аралық бизнес қатнасықларындағы ролы ҳаққында ѳз тәжирийбелери менен бѳлисти. Семинар даўамында қатнасыўшы жаслар исбилерменлик ҳәм жеке бренд бойынша ѳзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. 👍 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
Show all...
Choose a Different Plan

Your current plan allows analytics for only 5 channels. To get more, please choose a different plan.