cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

Show more
Advertising posts
104 452
Subscribers
-14724 hours
-8207 days
-1 43130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
❗️️Өзбекстанда коронавирустың жаңа штаммы анықланбады ДСМ Алымлар дүнья бойлап ковидтиң XEC атамасындағы жаңа варианты тарқалып атырғаны ҳаққында ескерткеннен соң, Санитариялық-эпидемиологик тынышлық ҳәм жәмиетлик саламатлық комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Отабеков бул бойынша мағлыўмат берди. Оған бола, жаңа штамм комбинация тийкарында пайда болған ҳәм биринши мәрте усы жыл 15-июнде Германияда анықланған. Ҳәзирги ўақытқа шекем ол 27 мәмлекетте дизимге алынған. Бул кеселлик жеңил ҳәм асқыныўларсыз, анығырақ айтқанда, ОРВИ ҳәм гриппке тән белгилер менен өтпекте. Тек айырым айырмашылық белгилери бар. Жеңил дем алыў қысылығы, даўамлы жөтел, дәм ҳәм ийис билиў қәбилетиниң бөлек жоғалыўы, ҳәлсизлик сыяқлы симптомлар усылар қатарына киреди. Нурмат Отабеков COVID-19ға қарсы вакциналар резервине ие екенимизди еслетип, Өзбекстанда бул штамм дизимге алынбағанын мәлим етти. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Жәҳән банки Арал теңизин сақлаўдың екинши басқышында қатнасады Қазақстан суў хожалығы ҳәм ирригация министри Нуржан Нуржигитов Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азияда суў ресурсларын басқарыў бойынша глобал әмелият бөлиминиң баслығы Уинстон Ю басшылығындағы ўәкиллери менен ушырасты. Тәреплер Қазақстан аймағында Арқа Арал теңизин сақлаў ҳәм басқа да биргеликтеги жойбарларды додалады. Қазақстан суў хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, Жәҳән банки ўәкиллери Арал теңизин сақлап қалыўдың тек ғана Қазақстан емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын әҳмиети ҳаққында айтып, жойбардың биринши басқышы табыслы өткенин атап өткен. Сондай-ақ, Жәҳән банки ўәкиллери Қазақстанды регионаллық бағдарламаны ислеп шығыўда қатнасыўға мирәт еткен, оның шеңберинде Орайлық Азияның барлық мәмлекетлеринде усындай жойбарлар әмелге асырылады. Бундай жойбар ирригация ҳәм дренаж системаларын реконструкциялаў бойынша биргеликтеги жумыслардың даўамы болыўы мүмкин. Министр Жәҳән банки ўәкиллерин трансшегаралық дәрялардағы суў ресурсларын есапқа алыў ҳәм мониторингин автоматластырыў жумысларына қосылыўға мирәт етти. — Арал теңизин қәстерлеп сақлаў сыяқлы шынында да кең көлемли жойбарларды әмелге асырыў ушын биз сырт елли шериклеримизди жедел тартып атырмыз, қоңсы мәмлекетлер менен де бирге ислесемиз. Жойбардың екинши басқышы бойынша Жәҳән банки менен биргеликте алып барып атырған жумысымыз оның биринши басқышы сыяқлы табыслы болатуғынына үмит етемен, деди Нуржигитов. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Педагоглар судқа арза жазғанда бажы төлеўден азат етиледи ✅ 01.02.2024-жылы қабыл етилген «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизидген қосымшаларға тийкар, педагог хызметкерлер: ▪️Пуқаралық ислери бойынша судларда – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында өзиниң абройы ҳәм ар-намысын қорғаў менен байланыслы ислер бойынша; ▪️Ҳәкимшилик судларда – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында олардың ҳуқықларын бузған мәмлекетлик органлардың қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў менен байланыслы ислер бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи. 👉 @Karakalpak24
Show all...
01:40
Video unavailableShow in Telegram
Арал теңизи билип турып қурытылған ба? Бул ҳаққында адамлар арасында ҳәр қыйлы гәп-сөзлер жүреди. Теңиз қурый баслағаннан кейин, оны толтырыўдың да режеси бар еди. Оның ушын бүгинги Россияның ҳәр қыйлы аймақларындағы дәрья өзенлерин Арал тәрепке бурыў режеси болғаны айтылады. Бирақ бул жойбар ҳәр қыйлы себеплерге бола әмелге асырылмаған. Толық көриў 👉 @Karakalpak24
Show all...
IMG_4888.MP419.76 MB
00:20
Video unavailableShow in Telegram
🤯 AAAAQIL bovar qilmas aksiya! 20-21-22-sentabr kunlari texnomart’da OCHIQ ESHIKLAR KUNI! - kichik maishiy texnika kamida 30% - Televizorlarga kamida 20% - Muzlatkichlarga kamida 20% - Qurilish va ta'mirlash uskunalari uchun esa kamida 25% chegirma!
1+1 ham esdan chiqmasin, bir texnika uchun ikkinchisi SOVG’A!
Telegram | Instagram | Do’konlarimiz Реклама
Show all...
2(Android).mp42.77 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Өзбекстанда "iPhone 16 Pro Max" 51 миллион сумнан сатылмақта 😱 Рәсмий түрде 20-сентябрьден сатыўға шығыўы керек болған iPhone 16 телефонларына Ташкентте 3000-4000 доллардан буйыртпа алынып атыр. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
❓ Транспорт басқарыўшысы қай жерде қандай тезлик пенен ҳәрекетлениўи керек? Нызамшылыққа бола, транспорт қураллары тезлигин: ➖ халық пунктлеринде саатына 70 километрден; ➖ мектеп ҳəм мектепее шекемги билимлендириў шөлкемлери əтирапындағы жолларда 300 метрге шекемги аралықта саатына 30 километрден; ➖ турақ-жай массивлери ҳəм турақ-жай имаратлары арасындағы жер участкасында саатына 20 километрден; ➖ Нөкис ҳəм Ташкент қалаларында, ўәлаятлар ҳəм районлардың орайларында, сондай-ақ, қала аймақларында транспорт қуралларының тезлигин саатына 60 километрден көтермей ҳəрекетлениўге рухсат етиледи. 👉 @Karakalpak24
Show all...
01:14
Video unavailableShow in Telegram
❓Өзбекстанда радар орнатыў қаншаға түседи ҳәм ол қанша дәрәмат алып келеди? 👉 @Karakalpak24
Show all...
IMG_4224.MOV6.51 MB
00:59
Video unavailableShow in Telegram
️Қырғызстанда коррупционер әмелдарлардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик лаўазымда ислеўге рухсат етилмейди Миллий қәўипсизлик баслығы 3 жылдан берли мәмлекетте парахорлыққа қарсы гүресиў жумыслары жуўмақланбай атырғанын айтты. "Ҳәтте өз қатарларымызды да тазалай алмаймыз. Дурыс, коррупция белгили дәрежеде азайды, бирақ оны пүткиллей жоқ ете алмадық. Урыларды қамаймыз, бирақ олар және азатлыққа шығады. Не ислеўимиз керек? Нызамлы түрде коррупция ушын жазаны күшейтиў керек," деди Қамчибек Ташиев. 👉 @Karakalpak24
Show all...
6.36 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ишимлик суўы тәмийнатына тийисли машқала ямаса авариялық жағдай жүзеге келгенде кимге мүрәжат етемиз? ☎️ “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖның 24/7 режиминде жумыс алып барыўшы диспетчерлик номери: 91 226-51-67  ☎️ Қала ҳәм районлық диспетчерлик хызмети телефон номерлери: 📞 Нөкси қаласы: 61-222-88-92  📞  Әмиўдәрья районы:  61-515-45-98  📞  Беруний районы:  97-357-58-05 📞  Қараөзек районы: 95-601-66-72 📞  Кегейли районы:  61-421-29-44 📞 Қоңырат районы: 61-312-12-85 📞  Қанлыкөл районы: 55-105-07-41 📞  Мойнақ районы: 61-322-22-61 📞  Тахтакөпир районы: 61-435-19-67 📞  Төрткүл районы: 61-532-27-52 📞  Хожели районы:  61-554-81-15 📞 Шымбай районы: 61-444-02-87 📞  Шоманай районы: 55-101-09-10 📞  Елликқала районы: 55-106-19-05            📞  Нөкис районы: 55-101-65-46 📞  Тақыятас районы: 95-601-71-44 📞  Бозатаў районы:  95-601-01-31 👉 @Karakalpak24
Show all...
Choose a Different Plan

Your current plan allows analytics for only 5 channels. To get more, please choose a different plan.