cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

КарПресса

📍 KarPressa –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз. Мүражат: @KarPressa_admin Реклама: @Jasurbek_Allashov

Show more
Advertising posts
31 705
Subscribers
-24124 hours
-6447 days
-27030 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailable
❗️️Ҳәмиледар ҳәм балалы хызметкерлер жумыстан босатылмайды 📄 Мийнет кодексиниң 163-статьясына бола, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа шекемги перзенти бар хызметкерлер жумыс бериўшиниң басламасы менен жумыстан босатылыўы мүмкин емес. Оларды мийнеттен азат етиў ушын нызамшылықта белгиленген қосымша кепилликлер бар (Кодекстиң 408 ҳәм 409-статьялары). 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 34
00:31
Video unavailable
ЛАЗЕР РАГАТКА 🏹 🔅Ёшликни эслатадиган замонавий рагаткаларимиз етиб келди. – Жуда мустаҳкам материалдан ишланган узингиз хоҳлаган размерингизга мослаб олсангиз бўлади. – 100 метргача оқ ўтади қушлар учун ашаддий кушанда. –Лазер орқали мўлжалга оласиз жуда қулай ва хамёнбоб. БУЮРТМА БЕРИШ👇🏽 https://100k.uz/oqim/524232 https://100k.uz/oqim/524232 https://100k.uz/oqim/524232 ✅ Тўловни маҳсулотни қўлингизга олганда қиласиз! 📢📢📢📢📢
Show all...
2.67 MB
👍 1
Photo unavailable
💳 Банк карталарындағы пул қаржылары өз-өзинен жоғалып кетпейди! ❕Ҳәммесине жеке мағлыўматларды ҳәм смс-кодларды басқаларға усыныс етиўимиз, исенимсиз байланысларға кириўимиз, телефонымызға белгисиз қосымшаларды орнатыўымыз себеп болады. ❗️️Ядынызда сақлаң ➖ ҳеш бир банк ямаса банк емес кредит шөлкеми телеграм арқалы кредит ямаса микроқарыз бермейди — егер сондай усыныс бар болса, демек олар алдаўшылар; ➖ ҳеш қандай қосымша (силтема) арқалы өз-өзинен ақша ислеў мүмкин емес — егер сондай силтемелерди көрген болсаңыз, демек олар алдаўшылардың ҳийлеси; ➖ қандай да бир келисимлер арқалы сизге қарыз ямаса пул усинис етип, буның ушын алдын сиз оларға қандайда бир муғдардағы пул жибериўиңиз керек екенлигин айтса, исениң, бул алдаўшылардың және бир пул урлаў усылы; ➖ кимдур телефон етип, сизиң карталарыңыздан қаржы урланды, биз сизге жәрдем беремиз деп, жеке мағлыўматларыңызды сорап басласа — телефонды өшириң, олар да алдаўшылар; ⚠️ Абайлы болың. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 16
Photo unavailable
🇺🇸 Өлим ўақтын айтатуғын бағдарлама ислеп шығарылғаны айтылмақта Сан-Франсискодағы Калифорния университетиниң илимпазлары жасалма интеллект тийкарында пайдаланыўшыға ониң өлим сәнесин анықлаўға жәрдем беретуғын бағдарлама ойлап тапты. Оған «Death Clock» яғный «өлим сааты» деп ат қойылды. Бул ҳаққында «New York Post» хабар берди. Айтылыўынша, «Өлим сааты» өлим сәнесин күнине шекем дурыс көрсетеди. Буннан тысқары, бағдарлама биологиялық жасты да сәўлелендиреди ҳәм өмирди создырыў ушын мотивациялық қуралларды, шынығыў вариантларын ҳәм де саламат аўқатланыў идеяларын көрсетеди. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👎 66👍 21 2🎉 1
Photo unavailable
Нөкистен Мойнаққа авиақатнаўлар 7-октябрьге шекем тоқтатылды Техникалық оңлаў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелисиндеги авиа қатнаўлар усы жылдың 20-сентябрь сәнесинен баслап 7-октябрь сәнесине шекем ўақытша тоқтатылды. Мәлим етилиўинше, «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» авиа жөнелиси бойынша сатылған билет пуллары «Uzbekistan Helicopters» ЖШЖ тәрепинен қайтарып бериледи. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 27
02:45
Video unavailable
Кегейли районнан жазамыз Кегейли районына Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги бириктирилип, районда 920 жайдың төбесин шиферлаў ҳәм 4 хожалықты турақ-жай менен тәмийинлеў белгиленген. Буның ушын ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында 13,2 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте. «Жалпақ жап» АПЖ да жасаўшы Қырмызы Өмирниязова өзиниң арзыўындағы турақ жайға ийе болғанлардың бири. Ол усы күнге шекем жасаў имканияты болмаған 1 бөлмели турақ жайда жасап келген болса, бүгин Президентимиздиң аталық ғамхорлығы менен 7 бөлмели турақ жайдың бийкесине айланды. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
85.69 MB
👍 52👎 6 3🗿 1
Photo unavailable
Қанлыкөл районында ишки хожалық жолларын оңлаў жумыслары даўам етпекте Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары менен Қанлыкөл районында да мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў бағдарында ишки хожалық жолларын оңлаў, топырақ жолларды қум-щебень (ШПС) араласпалы жолларға айландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған еди. Усы тийкарда районның шетки аймақларының бири болған «Алтынкөл» АПЖ аймағында ишки хожалық жолларына қум-шебен араласпасын төсеў жумыслары алып барылмақта. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 21👎 3🤩 1
Photo unavailable
📩 Ҳәр ҳәптеде жаңа район! Мүрәжатларыңызды күтемиз 👥 Ҳүрметли каналымыздың жазылыўшылары! Сизлерге қолайлық жаратыў мақсетинде ҳәр ҳәптениң Дүйшемби ҳәм Сишемби күнлери бир районнан мүрәжатлар қабыл етиўди басладық. Бул дегени, сиз өз мүрәжатыңызды @KarPressa_baylanis қа жибериўиңиз мүмкин, ҳәм мүрәжатыңыз каналымызға жайластырылады. Биз мүрәжат шешими ушын керекли орынларға жеткериўге ҳәм шешим табыўға ҳәрекет етемиз. ‼️ Еслетпе: Жолдың насазлығы, газ, электр энергиясы ҳәм басқа да тийкарғы мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи. ⚠️ Ҳәр ҳәптеде қайсы районнан мүрәжатлар қабыл етилетуғынын екшемби күни каналымызда жәриялап барамыз. Солай етип, ҳәр бир районның машқалалары шешим табыўда жеделлик ҳәм әдиллик принципине тийкарланған тәризде шешиледи. ❗️Мүрәжатлар тек Дүйшемби ҳәм Сишемби күнлери қабыл етиледи ҳәм оқылады. Оннан алдын ямаса кийнен жиберилген мүрәжәтлар көрип шығылмайды. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 43🤩 4
Photo unavailable
📝 "Комент"лерде ақыретлеў ушын жуўапкершилик ҳаққында! ✅ Бүгинги күнде социаллық тармақлардан пайдаланып атырған көпшилик адамлар өз пикирлерин еркин билдириў имканиятына ийе. Бирақ, соны да умытпаў керек, өзге инсанлардың ар-намысына тийиў ямаса кемситиў жуўапкершиликке себеп болады. ️ ⚖️ Ақыретлеў, кемситиўши сөзлерди қолланыў, басқа адамлардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситиў – бул нызамлы жуўапкершиликке алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлер. ✏️ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 41-статьясында ақыретлеген шахсқа БЕМниң 20 есеси (6,8 млн сум) ҳәм 40 есеси (13,6 млн сум) муғдарында жәрийма қолланылады. ☝️ Егер усы ҳуқықбузарлық бир жыл ишинде қайта исленсе ҳуқықбузар жынайый жуўапкершиликке тартылады. ✅ Соның ушын, "коммент"лерде ямаса басқа платформаларда өз пикирлериңизди билдириўде абайлы болың ҳәм басқа пайдаланыўшылар менен мәдений пикирлесиң. 📌 Ҳүрмет ҳәм мәденият – ҳәр қандай сөйлесиўдиң тийкары. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 29👎 2 1
Photo unavailable
Елликқала районында айдаўшылық гүўалығы менен байланыслы алдаўшылық анықланды Елликқала районында жасаўшы пуқара Д.Р. 2024-жылдың июнь айында, пуқара Т.А.ға таныслары арқалы айдаўшылық гүўалығын алып бериўге ўәде берип, 500 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алғанлығы анықланған. Д.Р.ның бул ҳәрекети арадан ўақыт өтип ашылды ҳәм жәбирлениўши пуқара Т.А. бул ҳаққында тийисли уйымларға мүрәжат еткен. Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған. 📨 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📍Информация бағдары @KarPressa
Show all...
👍 16🤩 1
Choose a Different Plan

Your current plan allows analytics for only 5 channels. To get more, please choose a different plan.